Сайт работает в тестовом режимеСайт тест режимде ислеп турыптиСайт тест режимда ишлаб турибти
Gerb

Қарақалпақстан Республикасы

Қарақалпақстан жойбарлары орайы

+998 61-222-74-34

Жеңилликлер ҳәм артықмашылықлар

Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субектлери ушын жаратылған кең имканиятлар ҳаққында

Жеңиллик мазмуныҲуқықый тийкарТолығырақ
1.Баҳасы 100 мың АҚШ долларынан 500 мың АҚШ долларына шекемги болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўшылар ушын жер участкалары туўрыдан-туўры ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-10-санлы Пәрманы, 27.01.2025-ж.-
2.Миллий валютада жойбарларын қаржыландырыў ушын жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредитлер ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-10-санлы Пәрманы, 27.01.2025-ж.-
3.Гүнжи ҳәм мәш егинлерин жетистириў ушын жыллық 14 процент ставкада 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер қамсызландырыў тәмийнаты менен гиреўсиз ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 331-санлы қарары, 27.05.2025-ж.https://lex.uz/docs/7545508
4.Санаат кәрханаларының пайдаланған электр энергиясы баҳаларына шегирмелер бериледи.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 194-санлы қарары, 31.03.2025-ж.https://lex.uz/docs/7458466
5.Мәжбүриятларды толық орынлаған санаат зоналары қатнасыўшылары имарат-обектлерди белгиленген мүддетке қарамастан меншиклестириўи мүмкин. Сондай-ақ, меншиклестирилип атырған жер участкаларының баҳасы басқа аймақларға салыстырғанда 10 есеге арзанластырылған.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-248-санлы қарары, 4-бәнти, 14.08.2025-ж.https://lex.uz/docs/7685398
6.Руда емес пайдалы қазылмаларды қайта ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлерге жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын төлемлерди бөлип-бөлип төлеў имканияты бериледи.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-248-санлы қарары, 4-бәнти, 14.08.2025-ж.https://lex.uz/docs/7685398
7.Барлық қала ҳәм районларда жоқары технологияларға тийкарланған, експортқа қолайлы ҳәм импорттың орнын басатуғын товарларды ислеп шығарыўшыларға "Нөкис" еркин экономикалық зонасының қатнасыўшысы статусы бериледи. Онда исбилерменлерге қолайлы салық ҳәм бажыхана жеңилликлери қолланылады.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-66-санлы қарары, 3 ҳәм 10-бәнтлери, 09.02.2024-ж.https://lex.uz/docs/6797659
8.2031-жыл 1-январьға шекем Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўларындағы исбилерменлик субектлерине салық ставкалары 1 процент.Салық кодекси, 483-статья, 16-бөлим.https://lex.uz/docs/4674902
9.2028-жыл 1-январьға шекем Қарақалпақстан Республикасының барлық районларында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субектлерине салықлар 2 есеге азайтылған.Салық кодекси, 483-статья, 39-бөлим.https://lex.uz/docs/4674902
10.Исбилерменлер тәрепинен баҳасы 50 миллиард сумнан аслам инвестициялық жойбарлар әмелге асырылатуғын болса, зәрүр инфраструктура обектлери мәмлекет тәрепинен жаратып бериледи.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-25-санлы Пәрманы, 2-бәнти, 23.11.2021-ж.https://lex.uz/docs/5739825
11.2027-жыл 1-январьға шекем аукционда сатып алынған мәмлекетлик көшпес мүлк обектлериниң баҳасын 7-10 жылға бөлип төлеў ямаса 3 ай ишинде толық төленгенде 25 процент шегирме бериледи.Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-264-санлы қарары, 1-бәнти, 30.05.2022-ж. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПФ-10-санлы Пәрманы, 27.01.2025-ж.https://lex.uz/docs/6039685
12.Суўытқышлы сыйымлықларды қурыў, үскенелеў ҳәм электр энергиясы шығынларының 150 миллион сумға шекемги бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 632-санлы қарары, 29.11.2023-ж.https://lex.uz/docs/6680539
13.3 жулдызлы категорияға айландырылатуғын бар мийманханалардың ҳәр бир ханасы ушын 20 миллион сумнан субсидия ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 287-санлы қарары, 16.05.2024-ж.https://lex.uz/docs/6930272
14.2026-жыл 31-декабрьге шекем Шымбай, Хожели, Беруний ҳәм Нөкис районларында қурылатуғын мийманхана ҳәм киши отельлердиң ҳәр бир бөлмесине 10 миллионнан 20 миллионға шекем субсидия ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 919-санлы қарары, 30.12.2024-ж.https://lex.uz/docs/6980553
15.2027-жыл 1-январьға шекем Әмиўдәря, Елликқала, Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районларының таўлы ҳәм шөл аймақларында туризм хызметлерин көрсетиўши исбилерменлерге 80 миллионнан 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 383-санлы қарары, 19.06.2025-ж.https://lex.uz/docs/7584573
Жүклеп алыў: UZB | QQ | RUS | ENG | CHINA

Байланыс

Жүклеп алыў PDF: