Сайт работает в тестовом режимеСайт тест режимде ислеп турыптиСайт тест режимда ишлаб турибти
Gerb

Қарақалпақстан Республикасы

Қарақалпақстан жойбарлары орайы

+998 61-222-74-34

Мекеме ҳаққында

“Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды əмелге асырыў орайы” жойбарлаў офиси

📅 02.02.2025 18:13:09

👁 0

Қарақалпақстан Республикасында 3 тийкарғы бағдарды, яғный аўыл хожалығы, санаат ҳәм туризмди раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан жойбарлары орайы шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан жойбарлары орайы - Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, инвестициялар ҳәм инновациялар арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм сырт елли шериклер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў сыяқлы бағдарларда жумыс алып барады. Бул структура ҳәр бир районның өсиў ноқатларын анализлеп ҳәм раўажланыў стратегиясын ислеп шығып, тараўы бойынша қандай жумыслар ислениўи керек екенлигин көрсетеди ҳәм енгизеди. Мәселен, аўыл хожалығы тараўында қандай егинлерди жетистириў, жерден дәраматты көбейтиўге жәрдем береди. Шийки зат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бойынша жойбарлар таярлап, ҳәкимлерге жеткереди. Жаңа туризм бағдарларын ашыў ҳәм оларға инфраструктура алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығады. Буннан тысқары, “Қарақалпақстан Республикасында жойбарларды әмелге асырыў орайы” жойбарлаў офиси - инвестициялық жойбарлардың барысы ҳәм мониторинги, бәнтлик ҳәм експорт режелериниң тәмийинлениўин айрықша қадағалаў, абырайлы сырт ел экспертлерин тартып, аймақтың раўажланыў стратегиясын ислеп шығыў менен шуғылланады

Бизиң ўазыйпамыз - аймақтың экономикалық, социаллық ҳәм технологиялық потенциалын анықлаў, жаңа идея ҳәм басламаларды мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор менен биргеликте әмелиятқа енгизиў.

Тийкарғы жөнелислеримиз:- Жойбарларды ислеп шығыў ҳәм стратегия - жергиликли ҳәм халықаралық дәрежедеги жойбарларды анализлеў, ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
- Инвесторлар менен ислесиў - сырт ел ҳәм жергиликли инвесторлар менен байланыс орнатыў, оларға қолайлы орталық жаратыў, исенимли бирге ислесиў платформасын шөлкемлестириў;
- Анализ ҳәм изертлеў - Тараўлық анализлер, базар изертлеўлери ҳәм мүтәжликлери, демография ҳәм инфраструктура имканиятларын үйрениў;
- Исбилерменлер менен ислесиў - Исбилерменлерге мәсләҳәт ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў, исбилерменликти раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жойбарларын қоллап-қуўатлаў;
- Координациялаў ҳәм мониторинг - мәмлекетлик уйымлар, ТДИ, жергиликли ҳәкимиятлар ҳәм басқа да шериклер менен жойбарларды муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм жеке сектор арасында пикир алмасыў майданын жаратыў;

Мақсетимиз: Қарақалпақстан Республикасында турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге бағдарланған жойбарлар арқалы аймақлық раўажланыўды тезлетиў.

Биз Қарақалпақстанның келешеги - оның интеллектуаллық капиталы, тәбийғый байлықлары ҳәм халқының белсендилиги, деп билемиз. Сонлықтан биз ҳәр бир идея, ҳәр бир баслама ҳәм ҳәр бир пуқараның пикири қәдирли, деп билип жумыс ислеймиз.